ТАҚЫРЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. Тақырдың орналасқан жери, тақырдың мол жери.
Бир тақырлықта еки-үш бала лопай ойнап жүр (К.Султанов).
Көрмейсең бе өткендеги түксиз тақырлықты, ҳәзир оны жасыл дөнген еғисликлер орап алған (А.Бекимбетов).
Тақырлықта бизлерди отырады деп кимниң есине келеди дейсең? (Т.Қайыпбергенов).