ТАҢЛАЙ
Қарақалпақша
ат. Аўыз қуўысының үстинги тиске шекемги аралығы.
Нур дарытып маңдайына, Суў дарытып таңлайына (И.Юсупов).
0 Таңлайы кебиў — шөллеў, суўсыраў.
Хийўа ханның әскери, Бети қара ләшкери, Ишерине суў таппай, Таңлайы кеўип сорласын (Бердақ).
Таңлайы тақылдаў — таңданыў, хайран қалыў.
Жолланарда талайлар таңлайын тақылдатып айтысса да, есапласарда қарызлар болып қутылған (Ш.Сейтов).
Таңлайына бериў — а) шешенлик.
б) Көп сөйлейтуғын, быжық.
Тоқтат таңлайына берген, сен көпш иликтиң алдында кимниң абырайын төгесең (А.Бекимбетов).
Таңлайын қағыў — таңланыў, ҳайран қалыў.
Таңдайында татыў — мазалы.
Оксананың таңдайында татып, уўыз ийип куртқан тағам бул! (М.Нызанов).
Тили таңлайына жабысыў — ғәзеп, қорқыў.