⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЕГИСЛЕЎ

Қарақалпақша

ф. Ой-қырын кетириў, тегисирек етиў, артық-кемин жойыў, бирдей етиў, теңлигин келтириў. Бизиң атыздағы пақсаның түбинен тандырға орын тегислеўге киристи (М.Чимбергенов). Жер аўдарып ҳәм тегислеп, Дүзетер шел, оқ қарық, Жумыслардын хәммесин де, Роза жүр ғой басқарып (Т.Сейтжанов). Азы-кем төмен қарап отырды да, дастурханның шетинде турған сүлгини тегислеп, еки бүкледи (М.Нызанов).