ТЕГИСЛЕЎШИ
Қарақалпақша
ат. 1. Бир нәрсени тегислейтуғын адам.
2. Жолды, яки басқа да нәрселерди тегислеўге арналған қурал.
Жол тегислеўши каток жәрдеминде соңғы басқыш — қапламаны тегислеў жумыслары жүргизилди (Интернет мағлыўматлары).
Усы ўазыйпалар шеңберинде республикамызға 200 жер тегислеўши лазер қурылмасын алып келиў белгиленди (Интернет мағлыўматлары).
Басқарылыўшы турақлы ток өзгерткиши, инвертор, тегислеўши реактор, импульс-баскарыў системасы, инвертордың басқарыў системасы (Интернет мағлыўматлары).