ТЕЛЛУР
Қарақалпақша
ат. Менделеев периодлық системасының VI топарына тийисли химиялық элемент, гүмиске уқсас, ақ кристалды зат.
Металлургияда теллур көбинесе шойынға, полатқа, мысқа, қорғасынға механикалық қәсийетлерин жақсылаў ушын қоспа ретинде қолланылады.