⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЕМИРЖОЛ

Қарақалпақша

ат. 1. Поезд, трамвай сыяқды көликлерге арналған темирден иеленген жол. Әйтеўир алдында темир жол бар дегенге солай қарай баратырған адамлар әкелип таслапты (Т.Ахтанов). 2. Темир жол хызметин көрсететуғын мәкеме яки өндиристиң улыўма атамасы. Сибирь темир жолларында тас қазыўға жалланыў ушын еллеринен посып кеткенин көзлери көрген еди сонда (М.Дулатов). Темир жол вокзалы — жолаўшылар тасыйтуғын, темиржол транспорты хызметлерин шөлкемлестиретуғын орын, имарат. Темир жол станциясы — темир жол транспорты ҳәм жолаўшыларға ҳәр қыйлы хызметлер, жүклерди қабыллаў, оларды тийеў ҳәм түсириў, сақлаў ҳәм жеткизиў жумыслары жүргизилетуғын, локомотивлер менен вагонлардан қурастырылған ҳәм т.б. техникалық хызметлерди көрсететуғын жумыс орны.