⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЕПКИ I

Қарақалпақша

ат. 1. Аяқ пенен урыў, аяқ астына алып тебиў, қағыў. Сонда Айдос сөйледи, Тынлаўға болмас сөзинди, Тепкиге алып-бир-бирлеп, жулайынба шашынды (Бердақ). 2. Азап, қорлық, дәкки. Қашанға шекем мийнеткеш халық байлардың, бийлердиң, молла-ийшанлардың тепкисинде жасайды (Қ.Ирманов). 0 Тепки жеў — азапланыў. Дүньядан, турмыстан усыншама тепки жеген кисиниң кеўли қалмағанда, кимниң кеўли қалады (С.Муқанов). Тепкиниң астына алыў — барынша тебиў, аямай урыў. Шашынан сүйреп шық. Ал тепкиниң астына (И.Есенберлин).
ат. Гейбир қайўанлардың аяғында болатуғын мүйизге уқсас дене ағзасы.