⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЕРГЕЎ

Қарақалпақша

ф. Тексериў, сураў, барластырыў, себебин ашыў. Жынаятшылар усталып, тергеў алынғаннан кейин ғана Қылышевтың өлиў себеби, оның жағдайлары толық анықланды (А.Бекимбетов). 0 Тергеў ҳәрекетлери — жынайый ҳәрекетлерди ашыў үшин дәлеллер топлаў мақсатында жүргизилетин ҳәрекетлер. Тергеўге алыў — жынайый ҳәрекетлери үшин сураў- жуўап истеў. Қалада үйге киргизбестен устап алып, оңаша үйге апарын тергеўге алды (Д.Әбилев). Тергеў изоляторы — күманданыўшылар менен айыпланыўшыларды ўақытша қамаққа устап туратын арнаўлы мекеме. Тергеў орны — тергеў ҳәрекетин жүргизетин мекеме.