⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЕРЕКЕ

Қарақалпақша

ат. Иесиз мүлик. Егерде өлген ериниң тўысқанларының ишинде турмысқа шықпаймын деп турып алса, хаялдың турмысқа шыққан қызы болса, мал-мүлик иеси адамның заты ретинде тўысқанлары арасында бөлистирилген. Ол «тереке» деп аталған. Терекениң тәртиби бойынша мүликтиң 4/1 бөлеги хан менен қазыға қойылған, 8/1 бөлеги өлген кисиниң турмысқа шыққан қызына берилген. Қалғаны жесир қатынның пайына тиген (КДС).