ТЕРЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Денеден ҳөл, суў, тер шығыў.
Қасындағылар сезбесе де, қысынып терлей баслады (Б.Қайыпназаров).
2. аўыс. Уялыў, қысыныў.
Мен таныс емес адамнан жүдә қорқып жатып, қара суў болып терледим (А.Бекимбетов).
3. Күйиниў, қыйналыў, жаны аўырыў.
0 Тер төкпеў — мийнет етпеў, қыйналмаў.
Тер төгиў — мийнет етиў, күш сарыплаў, қыйналыў.
Маңдайы терлеп көрмеген — мийнет ислемеў.
Сен дүньяға келгели маңлай терлеп жумыс ислегенинди көрмедим (ққ.х.е.).