⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЕҢИЗ

Қарақалпақша

ат. Жән-жағы қурғақлық пенен тутасқан үлкен көлемли суў. Қара суўық қысты елди, Булт басып теңиз көлди (Бердақ). 0 Теңиз авиациясы — бир қатар мәмлекетлердеги әскерий теңиз флоты күшиниң түри. Көплеген мәмлекетлердиң әскерий теңиз флотында теңиз авиациясының қурамына ракеталық, қайыққа қарсы қолланылатын бузыўшы әм барлаўшы арнаўлы авиация киреди (Интернет мағлыўматлары). Теңиз алабуғасы — теңизде тиришилик етиўши қызыл түсти, көзи үлкен алабуға. Атлантика океаны менен Тыныш океанның қубла бөлегинде қызыл түсти көзи үлкен теңиз алабуғасы тиришилик етеди (Интернет мағлыўматлары). Теңиз балдыры — теңиз суўында жақғылық түсип туратын тереңликте өсетин өсимлик. Теңиз геодезиясы — геодезияның теңиздеги илимий әм пайдалы геодезиялық тәреплерин зертлейтин тараўы. Теңиз геоморфологиясы — океан пенен теңиз ултанының қурылысын әм раўажланыўын зертлейтин илим. Теңиз жағалаўы — теңиздиң шети.
ТОЛҚЫнларЫ Теңиз толқынлары — теңиз суўының тербелиўи. Сүмелекте теңиз толқынларының көриниси пайда болды (Интернет мағлыўматлары).