⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТЕҢСИЗЛИК

Қарақалпақша

ат. 1. Әдалатсызлық, сәйкессизлик. Ол теңсизлик заманда-ақ, өзиниң бас бостанлығын, еркинлигин аңсаған қыз (Интернет мағлыўматлары). Теңсизлик ҳәм әдалатсызлықтың кескинлесиўи, климаттың айрықша төменлеўи, пүткил дүньяны қамтып алған машқалаларды шешиўге өз үлесин қосыўы зәрүр (Интернет мағлыўматлары). 2. Математикалық термин. Теңсизликтиң еки тәрепине де бирдей санды қоссақ яки алсақ, онда теңсизлик өзгермейди (Математика).