⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТИЙЕК

Қарақалпақша

ат. 1. Муз. Дуўтардың сымын, сабағын, тарын көтерип туратуғын ағаштан иеленген зат, ешек. Әсирлердиң аўыр шегин арқалап, Туқыл ашып жаўыр болған тийегиң (И.Юсупов). 2. аўыс. Тетик, тутқа, гилт. Оның тетигин таўып турған қақпанның тийегин қайда екенин билмей отыр (А.Аймурзаев). 0 Тилге тийек етиў — айтыўға арзырлық, мақтаўға турарлық. Қарақалпақ ҳатамтайлары ҳәм олардың бүгинги даўамшылары қаққында бир-еки аўыз сөз ... айтылатуғын бул адамның да саўаплы истери тилге тийек етиўге турарлық. Усы 30 жыл даўамында мәмлекетимизде кең көлемдеги реформалар алып барылып, тилге тийек етерлик (Интернет мағлыўматлары).