ТИКСИНИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Паңсыў, жеркениў.
Тозаңнан тиксинип, аўзы-мурнын бастырды (Ж.Аймурзаев).
2. Тартыныў, сезиклениў.
Өтеген тиксинип, аржағын айта алмай турды (К.Султанов).
Баланың ашыў толқыны бетине теўип турғанын сезген Жумабай қәҳәрин қайтарыў ушын тиксинип сөйледи (К.Султанов).