⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТИРЕЎ

Қарақалпақша

ат. 1. Қоллайтуғын, сүйейтуғын, жақлайтуғын, ғамхор. Қаражанның қатты ашыўы келип, қарамаңлай хан қайғысыз Султан бизге хабарласпай, кимнен тиреўи, Кимнен сүйеўи бар екен, елге келген олжаны бизге кеңеспей өзи ала қояма екен,... («Алпамыс»). 2. Бир нәрсениң қулап ямаса майысып кетпеўи ушын астына, қапталына сүйеп қоятуғын таяныш, өре, тирепберди. Тиреп турған аспанды. Еки бирдей өре бар (Бердақ).