ТИРКЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир затты екиншисине жалғастырыў, бири-бирине дизиў.
Флоттан қарагөрим қашықлықта теңиздиң ортасында 4-5 аштарқанды изине тиркеген катер гудок берди (К.Султанов).
Еки дийқаннын еки қос өгизди тиркеп, гүнде сүйретип киятырғанын көрипти (Т.Қайыпбергенов).
2. Дизимге алыў, есапқа қосыў.
Неше түрли сөздиң басын, Шандып тиркеп келеди (Б.Исмайлов).