⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТИС

Қарақалпақша

ат. 1. Адамлардың, жанлы-жаныўарлардын тамақты шайнаўға ямаса бир нәрсени тислеп үзип алыўға бейимленген аўыз қуўыслығындағы сүйеклер дизбеғи. Өзинше өкпели екенлигин өспиримниң қас қабағынан, жалған сөйлегегин қызарып кеткенлигинен андамаған Зулайха төмен қарап, ернин тислегендегүриштей аппақ тислери көринип кетти (К.Кәримов). Тула бойым түршигип, тислерим солқылдап, Жүрегимде кек ғазабы қайнады (Ж.Аймурзаев). Тиси шыққан балаға, шайнап берген ас болмайды (ққ.х.н.). Қарсы алдынан қарасан, Тислери мысал гүректей («Мәспатша»). 2. аўыс. Аўыл хожалығына керекли жерди тырнайтуғын, топырақты майдалайтуғын тырма сүретуғын қуралдың ушы, жүзи. Тырманың тиси кетилип қалыпты. 0 Тис қаққан — көпти көрген, ысылған. Тис жарыў — а) жас баланың қызыл ийегине тиси шығыўы, көрине баслаў. б) аўыс. сөйлеў, пикир билдириў. Түстен кейин бәри де аш болғанын сезди, жейтуғын ҳеш нәрсе болмағанлықтан бул туўралы бир-бирине тис жарып ҳеш нәрсе айтпады (М.Абдрейимов). Тис қайраў — а) гижиниў. б) өшегисиў, ерегисиў. Қайғы менен қападан, қайралды мениң тислерим («Мәспатша»).