⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТИТИРЕЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Қатты ашыўланғанда, қорыққанда ямаса қуўанғанда қалтыраў, дирилдеў. Ешимбеттиң тула бойы титиреп, жүрегиниң соғыўы тезлесип кетти (А.Бекимбетов). Инилеринен қорқып Хийўа хан, Тәнинде титиреп шийрин жан, Айдосқа қарсы турмады (Бердақ). 2. Қатты күштиң тәсиринен жердиң, дөгеректиң силкингендей, козғалғандай аўҳалда болыўы. Титиреп кумның қойыны, Мың машина кетти қаплап (И.Юсупов).