⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТОЗЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Гөнериў, ескериў. Тыныш таппай аяғы, тебингиси тозады («Мәспатша»). Шашым сипседей тозғанша күтемин (К.Султанов). Ақ кеўилдиниң аты азбайды, тоны қозбайды (ққ.х.н.). Еки мәрттиң саўыты тозған тондай сөгилди («Ер Зийўар»). 2. аўыс. Бас-басына қаңғырып кетиў, посыў, ылағыў. Хиўа ханының зулымдығынан жарлы-жақпайлар тум-тусқа тозып кетти (К.Ирманов). 0 Тозыўы жетиў — гөнериў, ескериў, ләттеси шығыў, пайдаланыўдан қалыў. Соңынан гөне қоржыннан тозыўы жеткен бир китапты алып, Әжиниязға усынды (К.Султанов). Тозыўы жеткен етиктиң баслығын айландырып ойып кесип, геўиш орнына киип алды (Т.Қайыпбергенов).