ТОЛҚЫН
Қарақалпақша
ат. Самал менен даўылдың қатты турыўынан пайда болатуғын суў бетиндеги ерсили-қарсылы шайқалыс.
Оның қас-кирпиклери жамғырлы, найзағайлы бултлардан жаратылған болып, бултлар еглениўди билмей көшер еди, ал көзлериниң орнында түпсиз көк-көнбек океан толқынлары шуўылдап жартасларға келип урылып атты (К.Кәримов).
Толқын туўлап күшейтсе де ағысты, Үңгий алмас бизиң беккем жағысты (И.Юсупов).
ат. Суўдың бетинде самал есиўи нәтийжесинде пайда болатуғын нәрсе.