ТОҒАЙ
Қарақалпақша
ат. Жабайы өскен қалың ағашлық, орман.
Соқпақ тоғай ишинен өтетуғынлығын ойлаған баланың жүреги артына тартып кетти (К.Кәримов).
Рота командири Сергеев үш солдатты таңлап алды да, қарағай кесип әкелиў ушын тоғайға жиберди (Ө.Айжанов).
Ел аралаған сыншы болар, тоғай аралаған үйши болар (ққ.х.н.).
Ерназар қашқынды куўған жоқ, тоғайда қалған жасаўылға қарай жүрди (К.Султанов).