ТУРЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Адамдардың ҳәм жанлы-жаныўарлардың тик аяқ үстинде болыўы, тоқтаўы.
Отырғанлардың бәри де орнынан турды.
2. Бир заттың белгили жерде болыўы.
Аспа саат өжиредеги гилемниң үстиндеги мыйықта илиўли турыпты.
3. Уйқыдан ояныў.
Таң атыўдан орнынан турды.
4. Өмир сүриў, бирге тиришилик етиў.
Фатима күйеўи менен қырқ жыл турыпты.
5. Бир нәрсениң бир жерде тоқтаўы, иркилиўи.
Киятырған жолаўшы олардың жанына барып турды.
0 Ўәдесинде турыў — сөзинен шығыў, айтқанын орынлаў.