⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТУСАЎ I

Қарақалпақша

ат. 1. Көликтиң алысқа узап кетпеўи ушын алдынғы еки аяғына байлайтын қайыс ямаса қысқа жип, арқан. 2. аўыс. Кесент, бөгет, иркиниш. Төркинине биротала кетейин десе, қолындағы еки жасар нәресте қызы Жумагүлдиң аяғына тусаў болды («Әмиўдәрья» ж.).
ф. Көликтиң алысқа жайылып кетпеўи ушын, алдынғы еки аяғын байлап койыў. Киятырған жолдан бираз шетирекке шығып, азмаз көз илдирип дем алыў ушын атын тусадыра, Халмурат қыйсая кетти (газетадан). 0 Тусаўын кесиў - жас баланың тез жүрип кетиўи ушын биринши қәдем таслап жүре баслағанда исленетуғын ырым, ҳәр түрли жип пенен аяқты байлап кесиў. Аяғына тусаў салыў - а) өз еркинде болмаў, қараслы болыў. б) аўыс. Үйлениў, аяқланыў.