ТҮК
Қарақалпақша
ат. 1. Адамдардың, жанлы-жаныўарлардың денесинде болатуғын майда жүн.
Нийетбайдың бет-аўызын түк басып кетипти (газетадан).
Ат аўнаған жерде түк қалады (ққ.х.н.).
2. аўыс. Ҳештене, ҳешнәрсе.
О Түк жоқ — дым жоқ.
Жүрегиниң түги бар — ҳешнәрседен қорықпайтуғын батыр.
Түк таслаў — жүни түсиў, түлеў.
Түги жығылыў — бети кайтыў.
Бетиниң түги шығыў — ашыўланыў, тулланыў.