ТҮН
Қарақалпақша
ат. Күн батқаннан таң атқанға дейинги ўақыт, ақшам.
Январьдың бас гези, түн хәм ызғырық (Б.Қайыпназаров).
Қараңғы түнде қара булттай түнерген дәрья жағасының пәренжесин серпкендей жамалы жарқ етти (К.Султанов).
0 Түн бойы — түни менен.
Олар узақ түн бойы сөйлесип жатты (К.Ирманов).