⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТҮНЕЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Қоныў, жатып шығыў, таңды атырыў. Нөкерлерге арнаўлы буйрық болғанынша, сол жерде түнеп қалыўға буйрық берилди (К.Султанов). — Жалғыз өзим анам шыққан жерде түнеўге қорқаман, — деди Зулайха адамлар кетип болған соң (К.Кәримов). 2. аўыс. дин. с. Сыйыныў, жалыныў, жалбарыныў, тилек етиў мақсетиндеги диний уғым. Әўлийе қоймай тиледи, Масайық қоймай түнеди («Қоблан»). ТҮНЕЎГИ кел. Баяғы, ана күнги. Түнеўгиден берли өлим үстинде нәмәртлик етким келмеди («Әмиўдәрья» ж.).