⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТҮП

Қарақалпақша

ат. 1. Иши қуўыс ыдыстың ямаса басқа бир заттың ең төменги жағы, асты. Полат найза қап түбинде жатпайды (ҚҚ.Х.Н.). 2. Өсип турған ағаштың, шөптиң, өсимликтиң ҳәрбир данасы. Есиғимиздиң алдында еки түп ағаш өсип турыпты (Ө.Айжанов). 3. Жаны, қасы. Тарам-тарам ет берер, оны қайда қоясаң? Тал түбине қояман (ққ.х.с.ж.). 4. Ақыбети, шыққан теги, неғизи. Урлық — урлықтың түби қорлық. Жақсы менен тамыр болсаң түби билис болар, жаман менен тамыр болсаң түби урыс болар (ққ.х.н.). 5. аўыс. Терек, шөптиң т. б. өсимликлердиң жерге кирип турған бөлими. Есик алдындағы байтеректиң биреўин түбинен шаўып жоқ етип, биреўин геллеклеп қайтыңыз деп, әмир етти (ққ.х.е.). 0 Түбине жетиў — а) туқымын қуртыў, жоқ етиў. Бес тоқсан боп түбиңизге жетемиз (Омар), б) анықлаў, белгилеў, мәлимлеў. Түп нусқа — дәслепки айтылған ямаса жазылған түри. Түп тамырынан жоқ болыўы — изи қалмай жойылыў, қурыў. Жынаятлы элементлер түп-тамырынан жоқ болып, милицияның бурынғы күтә аўыр, қыйын ҳәм қәўетерли иси аңсатласып киятыр (А.Бекимбетов).