⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТҮСИЎ

Қарақалпақша

ф. Заттың жоғарыдан төмен барып жерге ямаса басқа бир нәрсеге тирелиўи, келиўи, тоқтаўы. Аспаннан не түспейди, жер нени көтермейди (ққ. х.н.). 0 Қыс түсиў — қыс болыў, қыс келиў. Суўға түсиў — а) суўдан жүриў, кешиў. б) жуўыныў, шомылыў. Көзге түсиў — белгили бир қәсиети менен атағы шығыў, мәлим болыў, көриниў. Мийрими түсиў — жаны ашыў, аяу. Еңсеси түсиў — мәниси қашыў, сүмирейиў, қапаланыў. Жүреги орнына түсиў — кеўили жай табыў, қорқыныштан қутылыў. Қақпанға түсиў — а) қақпанға усланыў, тутылыў. б) аўыс. алданыў, усланып қалыў. Талаўға түсиў — бар-жоғынан айырылып қалыў. Изине түсиў — қуўдалаў. Шық түсиў — түнге қарай өсимликтиң үсти ләмлениў. Келин түсиў — турмысқа шыққан қыздың күйеўиниң үйине келиўи. Тутқынға түсиў — қамаўға алыныў. Сүўретке түсиў — заттың көринисин өзинен айнытпай фотоаппарат арқалы қағазға түсириў. Сәти түсиў — оңайы келиў. Ымырт түсиў — геўгим түсиў, күн батып тас қарайыў. Еске түсиў — бир нәрсени көз алдына келтириў, ойына алыў.