ТҮТИН
Қарақалпақша
ат. 1. Оттан буўдақлап шығатуғын зат.
Пысқып атырған түтинди көрип жетип келди (Т.Қайыпбергенов).
Сапар орнынан өрре турып солдат гимнастеркасынан папиросын алып, тутандырып, исинген өкпесине буўдақ-буўдақ ашшы түтинди серипти (К.Султанов).
Мылтықтан шыққан түтинге, Ай менен күнлер тутылды («Мәспатша»).
2. аўыс. Өз алдына шаңарақ болып отырған хожалық, семья.
Ол да өз алдына түтин түтетип бир шаңарақ болды (Н.Бөрекешов).
3. аўыс. Қапалық, күйик.
Сыртым түтин, Ишим түтин (Бердақ).