ТӘБИЯТ
Қарақалпақша
ат. 1. Дүньядағы барлық нәрселердиң ҳәммеси.
Тәбиятты бағындырып, Елди бәрхә абат қылдық (Т.Сейтжанов).
Бундай келбетти тәбият берерин берсе де Әжимуратқа сакал буйртпапты (К.Смамутов).
Адамлардын жақсы нийетине тәбият та жәрдем еткиси келгендей, хаўа райы күннен-күнге жақсыланып баратыр (Т.Қайыпбергенов).
Бизиң машинадан түскимиз келмес, бул тилсиз тәбият бизге «үстинен күлдирип қоймаў ушын» және бир корқынышлы кәрам атларын таярлап турғандай еди (М.Нызанов).
2. Дөгеректеги таў, тоғай ҳәм басқалардың өсимлик байлығы.
Кум, төбешик, қарағай, қайық, Тәбияты не деген көркем (И.Юсупов).
3. аўыс. Ҳәр бир заттын предметтиң өзине тән өзгешелиги, кәсийети.
Ашық айтпақшыман: мениң тәбиятым бундай өтирик өмирди пүткиллей қабыл ете алмайды (С.Дәнияров).
0 Тәбияты алмаў — жийиркениў, мейилсизлениў, иштейсизлениў.
Тәбияты жеңил — ынжық, ерке.
Тәбиятты қорғаў — адамзат жәмийети менен бүгинги ҳәм келеш екәўладтын материалдық, мәдений ҳәм руўхый мүтәжликлерин тәмийинлеў мақсетинде тәбият пенен оның байлыкларынан тийисли пайдаланыўға ҳәм қорғаўға арналған мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ис-илажлар системасы.
Тәбият ресурслары — жәмийеттиң материалдық ҳәм мәдений мүтәжлигин қанаатландырыў ушын қолланылатуғын адамзатты қоршаған орталықтың ең әҳмийетли ресурслары.
Экологиялық қадағалаў қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў саласындағы нызамшылдық талапларының бузылыўынын алдын алыў, оны анықлаў ҳәм оған шек қойыўға, тәбиятты қорғаў жумысы нәтийжелилигин асырыўға қаратылған мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик илажлардың системасы болып табылады (Экология).