⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТӘЖИМЕТИЎ

Қарақалпақша

ф. Иззет пенен бас ийиў, хүрмет етиў, сәлем бериў. Енди хызметинде мудам турыўға, Мен тәжим етемен, халқым алдында (И.Юсупов). Нуржамал қол қаўсырып, молла төрге шығып отырғанша тик аяққа минип, тәжим етип турды (К.Султанов). Маман бий еплеп тикейип, отырғанларга қайта-қайта ийилип тәжим етти (Т.Қайыпбергенов). — Ҳаў, қайнаға! - деп ийилип тәжим етип, сәлемғе қолын созды (М.Нызанов).