⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТӘРЕП

Қарақалпақша

ат. 1. Бир жақ, бет, бағыт, бағдар. Ийт алжасып қай тәрепке жүрерин билмей турды (Т.Қайыпбергенов). Не екен десек, еле ол тәреплерде кийим дегенниң не екенин билмейтуғын жабайы адамлар бар екен (М.Нызанов). 2. Бир қаптал, бир жақ. Гүлсәнем менен Айсәнем каналдың оң тәрепине қарай серпилди (Ж.Аймуразев). «Оң тәрептен жығылған екен-аў» деп қойды ишлеринен (М.Нызанов). 3. Адамлар топары, бөлими. Абылла тәрепи басым бола берди (Ә.Шамуратов). 4. Адамдардың минези, қулқы. Қай тәрепте бий ағаның мийзамы, Сыбырлап Қошқардың сарысын көрип (Әжинияз). 5. Жән-жақ, тумлы-тус. Төрт тәрепке қарады, Бедеўдин жалын тарады («Мәспатша»). Төртеўи тәрепи айланып қарады (Ж.Аймурзаев). 0 Тәрепин алыў — қорғаў, болысыў, қоллап-қуўатлаў. Адамларда аңсатлық тәрепин алыў қаққында сөз барғанда: «Суў болмаса, таяммум», делинген екен, енди бул исти қыла беремиз», деп әдетке айланып қалған (Шайх Мухаммад Садық).