⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТӘРТИП

Қарақалпақша

ат. Белгили бир жәмийет пенен шөлкем ағзаларына белгиленген режим, қағыйда. Ескертилген тәртип бойынша жөтелместен, пышық жүрис пенен тоғызыншы қабатқа шықлық. Тексериўши оқыўшыларды тәртипке шақырғандай, ручкасы менен столды тықылдатты (М.Нызанов). 0 Темир тәртип — қатты, қатаң. Зәлели жоқ, армияның аты армия! Темир тәртип (М.Нызанов). Жабайы тәртип — жөнсиз, өрески, ерси, турпайы, жат. Күн тәртиби — жыйналыста қаралатуғын, талқыланатуғын мәселе. Жыйналыстың күн тәртибине әхмийетли мәселелер қойылды. Тәртип бериў — бир нәрсени ислеўге буйрық бериў. Тәртип бузыў — белгили қәлиптеги режимди сақдамаў. Тәртипке келтириў — жөнге түсириў, ретлеў. Сиз әўеле қарамағыңыздағы адамларға ескертиңиз, бүғин тийисли қағазларын ретлеп тәртипке келтирип қойсын (Н.Ғабдуллин). Тәртипке салыў — жөнге келтириў, ретлеў. ...Мисли оған бизиң республика турмысын ийнесинен сабағына дейин изертлеў тапсырылған да, ал ол болса усы мысалда пүткил дүньяны тәртипке салыў ушын бел байлаған иләхий периштеге усар еди (М.Нызанов). Тәртипке түсиў — жөнге түсиў. Жөни келсе ол да тәртипке түсер еди (Ж.Молдағалиев). Тәртипке шақырыў — тәртипли болыў кереклигин ескертиў, айтыў. Мәжилис баслығы Үрпек журттың дыбырлаған сөзин тоқтатып, тәртипке шақырды (Б.Майлин). Тәртип орнатыў — белгили бир режимди, тәртипти