⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТӘҒДИР

Қарақалпақша

ат. 1. дин. с. Жазмыш, талай, ығбал, буйрық. Тәғдирге бендениң барма шарасы, Бердақ шайыр өтти деди дүньядан (Әтеш). Мени де тәғдир шамалы ертерек ушырып, усы жақларға әкелип таслады. Бул тәғдир дегениң сондай қатал екен, атқан кесегиң излемейди де! (М.Нызанов). 2. Өмир, турмыс, келешекте көретуғын күн. Ҳәзир дүнья даўылда, Толқынга түскен кемедей, Кемеге минген жаны бар, Тәғдири бар емеспе (И.Юсупов). Ҳәр кимниң тәғдири хәр түрли (М.Нызанов). 0 Тәғдир етиў — а) өлиў, казаланыў. б) буйырыў, несийип етиў. Сизлерди айттырған бизиң ағамыз, Тәғдир етсе сени бизлер аламыз («Алпамыс»). Тәғдирге тән бериў — разы болыў, көниў, шыдаў.