ТӨГИҚ
Қарақалпақша
ф. Затты бир орыннан екинши орынға ақларыў, аўдарыў, шашыў, қуйыў.
Ҳеш екиленбестен олжа ушын қан төгиўге таяр болған кеңесшилер бул сораўға жуўап бериўге таяр емес еди (К.Кәримов).
Қора ишине аўмастырылып, таза қум төгип турады (Ө.Айжанов).
Нурын төгиў — сәўлесин түсириў, жайыў, жарқыраў.
Булт тарқап, жадырап күн шықты да, қуяш жер бетине нурын төге баслады (Ө.Айжанов).