ТӨСЕК
Қарақалпақша
ат. Адамлардың астына төсейтуғын, жататуғын, отырып дем алатуғын ҳәр түрли материаллардан иеленген зат.
Темирхан ата қапталдағы төсекке шығып, малдасын қурып отырып алды (Т.Қайыпбергенов).
0 Төсек тартып жатып алыў - наўқасланыў, аўырыў.
Күни-түни үйден шықпай, төсек тартып жатып алды (А.Бекимбетов).
Төсек жаңарыў — қайта үйлениў, хаялды өзгертиў.