УЎЫЗДАЙ
Қарақалпақша
кел. 1. Уўызға усаған, уўыз сыяклы.
2. аўыс. Баладай, нәрестедей.
Камалына келмеген мына уўыздай жас жигиттин меннен де дәртли болыўына қара (Ө.Хожаниязов).
0 Уўыздай дене — жас, сүйеги қатпаған.
Уўыздайын денеге, Ашшы қамшы тийген соң, Жадыгердей жас бала, Шырқырап үйге киреди («Алпамыс»).
Уўыздай уйыў — аўызбиршиликли болыў.
Урыстан бурын қандай уўыздай уйып отыр едик (Ө.Хожаниязов).