УЙҚЫ
Қарақалпақша
ат. 1. Адамдардың ҳәм жанлы-жаныўарлардың организминде белгили бир ўақытта қайталанып отыратуғын, сана хызметин тоқтататуғын физиологиялық тынышлық, дем алыў ўақыты.
Оны уйқы қыстағаны соншелли отыра алмады (С.Сәлийев).
2. аўыс. Дәстүрли тынышлықтың басқа нәрседен хабарсыз ҳалы.
Аўыл тым-тырыс, тыныш уйқыда (Ж.Аймурзаев).
0 Уйқы ашар — уйықлаған адамды сергек етиў.
Уйқыда жатыў а) жатып дем алыў, уйқылаў.
б) аўыс. мәңгилик көз жумыў, өлиў.
Уйқыға кетиў — а) жатыў, уйқылаў.
б) аўыс. о дүньяға кетти, дүньядан өтти.
Камола көп аўырыўдан сон мәңгилик уйқыға кетти (С.Айний).
Түн уйқысын төрт бөлиў — тыным бермеў, қайта-қайта турғызыў, оятыў, тынышын алыў.
Уйқылы көз — уйқысын ашпай.
Көзи жумыўлы түринде.
Қус уйқылы, уйқысы қашқан, тез-тез ояна беретуғын.