⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

УЛЛЫ

Қарақалпақша

кел. 1. Үлкен, зор, күшли. Халық деген бир уллы күш (С.Хожаниязов). 2. Кен пайтахт. Уллы атақлы, даңқлы болыў. Адам болып уллы атақ алмаға, Есигинде үйир-үйир мал керек (Бердақ). 3. Ер балалы. Уллы ис — әҳмийетли, пайдалы жумыс. Уллы мәртебе — аты шығыў, жақсы атлы болыў, даңқы көтерилиў. Олар қызды ханға берип, уллы мәртебеге ийе болыўға умтылады (З.Насуруллаева). Уллы сәске — түске жақынлаған ўақыт. Уллы сәскеде оянып көзин ашса жер бети аппақ қарға малыныпты (К.Султанов). Уллы болыў: а) дәрежели болыў, мәртебели болыў; б) ер балалы болыў. Өзбек жасында үйленди. Он бесинде уллы болды (Бердақ).