УЛТАН
Қарақалпақша
т.
1. Аяқ кийимниң табанға басылатын, жерге тийетин жери, табаны.
Шерим етигиниң ултаны түсип аяғына тас батты (С.Хожаниязов).
2. Қайық, кеме ҳәм т.б.
усы сыяқлы төменги жағы, асты, ишиниң төменги жағы, түби.
3. Жап, дәрья ҳәм т.б.
ишки төменги жағы.
Жыйналған халық жап-салмалардың ултанына түсти (Ж.Аймурзаев).