УЛҒАЙЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Үлкейиў, көбейиў, асырыў, өсиў.
Қырман басындағы сүрен кем-кем улғайып аўылдың ишине келди (К.Султанов).
2. Жасы үлкейиў, есейиў.
Нәлше өсти жапырақ жайып, ғүл жайып, Ораз келген жылғы баллар улғайып, ... (И.Юсупов).
3. Қайталаў, азығыў, күшейиў, зорайыў, асқыныў.
Патша алды халықтың айын, Дәртлер күн сайын улғайып.
(Бердақ).
Аўырыў сәл жерде улғайып кеткен (Ж.Сапаров).