УШ
Қарақалпақша
ат. Бир нәрсениң шети, соңы, жийеги, таўсылған жери, аяғы.
Басындағы орамалының ушы менен бетин сыпырды (Т.Қайыпбергенов).
0 Көз ушында - алыста, узақта.
Қол ушы бериў — жәрдем етиў, көмек бериў.
Еки ушлы — еки ойлы, нәмәлим, белгисизлеў.
Тил ушында турыў — еске келмеў, ядына түспеў.