УЯ
Қарақалпақша
ат. 1. Қуслардың, пал әрресиниң, жыртқыш хайўанлардың әм тағы басқалардың жайы, жатақ орны, үйи, ини.
Бир шайқус суўдың қапталыңдағы жарқыбаққа уя салып еди (Қ.Айымбетов).
2. Белгили бир шөлкемлердиң орайы.
3. Туқымдарды егиў ушын иеленген орын, қазылған шуқыр, ой.
4. Адамдардың ушырасатығын, топланысатығын орны, жайы.
5. Бир зат яки нәрсениң пайда болған жери, орны.
Айтты: «Әжем байғус әлди әр маңда, Бир уяда жалғыз қалдым мен сонда» (И.Юсупов).
6. грамм.
Бир түбирден жасалған сөзлердиң топары.
0 Көзи уясынан шығыў — қорқыў, хүрейлениў.
Бул хабарды еситкенде Әметтиң көзи уясынан шығып кетти (А.Әлиев).
Күн уясынан шығыў — күнниң шығатығын жери, орны, горизонты.