УЯЛЫ
Қарақалпақша
кел. 1. Уясы бар, уяға ийе.
2. Көп уялы, уясы көп.
3. Сымсыз телефон.
Жақында еки «Шалола»шы қызымызға районымыз әкими А.Сапарбаевтың баҳалы саўға — уялы телефон инам еткени де пикиримизди тастыйықлайды («ЕҚ» г.).
0 Уялы байланыс — сымсыз телекоммуникациялық байланыс.
— Ҳәзирги ўақытта, байланыс әм мәлимлемелестириў тараўында республикамыз халқына «Өзбектелеком» АҚ Қарақалпақстан Республикасы филиалы сымлы байланыс, «Билайн», «Ссеll», «UMS», «Perfectum Mobile» әм «Ucell» — уялы байланыс операторлары тәрепинен заманағөй, сапалы байланыс хызметлерин усынбақта («ЕҚ» г.).