⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ФАКТ

Қарақалпақша

ат. 1. Ҳәўес ете алмайтуғын бар нәрсе, ҳақыйқый ўақыя, ҳәдийсе. Буны шайыр конкрет факт тийкарында жазған (Н.Жапақов). Аллергия қаққында пайда болған қәр бир факт — бизиң билимимизди арттырады (Т.Ещанов). Мине қақыйқатлықтың фактлери — оны көрсетти (Т.Нәжимов). 2. Қандай да бир нәрсе қаққында жуўмақ шығарыў, қақыйқат бир пикирге келиў ушын қызмет ететуғын нәрсе, тийкар. Биз қарақалпақ тилинде қолланылып киятырған гейпара сөзлериниң мәнилериниң тарийҳый дәўирлер даўамында өзгериў фактлерин қарастырып көрейик (Е.Бердимуратов). 3. Анық, шын, рас, мысал, дәлил, қүжжет. Қызды тексергенде табылған фактлерди жуўмақластырып тез ўақыттың ишинде суд-медиңиналық экспертиза оны тексериў орынларына тапсырды (Ә.Пахратдинов). Әжинияздың қызларды мақтаған шығармалары шығыс поэзиясының тәсиринде болғанлығынан дәрек беретуғын фактлер сезиледи (Қ.Айымбетов).