ФАРТУК
Қарақалпақша
ат. 1. Мойынға асып, алдына байлап, ишине зат салыў ушын иеленген кишкене қалташа.
Сәлийма пахта толы фартугин төгип келиўге кетип баратыр (Ө.Хожаниязов).
2. Тәртип бойынша кийимниң патас болмаўы ушын кийимниң сыртынан кийилетуғын, белге байланатуғын хәм де аспазлардың алдына байланып жүретуғын гезлемеден ямаса кленкадан иеленген зат, хожалық буйымы.
Алдына фартук байлаған аспазға барды, ... (Қ.Айымбетов).