ФОНАРЬ
Қарақалпақша
ат. 1. Қараңғыда жағып услап жүретуғын шыра, паныс.
...барлық қазанлардың қақпақларын ашып, қол фонарының жарығы менен сығалап көрди (Ә.Пахратдинов).
Қөрип қалдым үйинде бир фонарын,... (Б.Исмайлов).
2. Жақтылық түсиў ушын үйдиң, жайдың жоқарысына орнатылған пәтик, терезе, айна.