ФОНД
Қарақалпақша
ат. 1. Мәмлекеттиң, мәкемениң, шөлкемниң ҳәм басқалардың хәр түрли мақсетлери ушын ажыратылған пулы, ақшасы, материалдық байлығы.
Ис хақы фонды.
Валюта фонды.
2. Белгили бир нәрсеге ямаса адамлардың пайдасына жыйналған пуд, ақша.
Өз ара жәрдем фонды.
3. Таярлап, ыктыятлап, ғамлап қойылған керекли нәрсе, байлық запас, ең бақалы жыйынды.
Елимиздиң тийкарғы өндирислик фондлары бес жыл ишинде бир ярым есе дерлик көбейди.
Түпкиликли сөзлер қарақалпақ халқының тилиниң сөзлик фондының элементлери болып табылады (Е.Бердимуратов).
Қарақалпақ тилиниң сөзлик фонды да сөзлик составы усап раўажланып, кеңейип отырады (Е.Бердимуратов).
4. Дөретиўшилик мийнет пенен шуғылланыўшы, яғный сүўретши, жазыўшы, архитектор ҳәм басқаларға материалдық жәрдем беретуғын мәкеме, шәлкем.