⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ФРАЗЕОЛОГИЯ

Қарақалпақша

ат. лингв. 1. Тил билиминиң белгили бир тилге тийисли болған турақлы сөз дизбеклерин изертлейтуғын тараўы. Ал, кейинги жыллары қарақалпақ тилиндеги айырым мийнетлерди фразеологияға байланыслы мақалаларды ушыратыўға болады (М.Қәленлеров). 2. Белгили бир тилге тән турақлы сөз дизбеклери, фразеологизмлер жыйынтығы. Бул нарсе фразеологияның обьектин дәл белгилеўде бираз ойландырыўды туўдырады (Е.Бердимуратов). Фразеология сөйлеў тилинде турақлылық қәсийетке ийе болып аўыспалы образлы мәнилерди андатады (М.Қәленлеров).