ХАЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Белгили бир елди, мемлекетти мекендейтин адамлар.
Теңизде аў салса да ешқашан балық жоқ, Бизди асырар шадқуррам халық жоқ (Күнхожа).
2. Улт.
Улы орыс халқын сүйген инилик жүрекпен, Сүйемен орыс қосығы, мәддәрқар лирам мениң (И.Юсупов).
Қарақалпақ халқында, Сәрдары деген урында, ... («Қобылан»).
Белгили бир кәсиптиң адамлары, қаўымы.
Диқан халқы хақ ниетти киси болар, Тапқан тери тиршиликке дәнекер (И.Юсупов).
Шопан халқы - шыныққан шөл перзенти (И.Юсупов).
3. Журт, көпшилик, халайық, аламан, жиналған топ.
Халық қатары күн кеширип, әкеси Жумамураттың бары-жоғын билдирмеўди ойлады (Т.Қайыпбергенов).
4. сөйл.
т.
Адам, киси, инсан.
0 Халықаралық ахўал - мемлекетлердиң сыртқы саясаты, қатынасы, жағдайлары.